Ташкентте БМШ Наркотик ҳәм жынаятларға қарсы гүресиў басқармасы бағдарламасы шеңберинде баллистикалық экспертиза бойынша оқыў курсы шөлкемлестирилди.
БМШ Наркотик ҳәм жынаятларға қарсы гүресиў басқармасының «2023-2025-жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы суд-экспертлик мәкемесиниң потенциалын беккемлеў – Фаза- III» бағдарламасы әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек.
Бағдарламаға муўапық, 2024-жыл 2-6-декабрь күнлери ишки ислер уйымлары эксперт-криминалистика бөлимлери ҳәм басқа мәмлекетлик суд – экспертиза мәкемелериниң экспертлери «Қурал ҳәм оның қурамлық бөлеклериниң баллистикалық экспертизасы» темасында Литва полициясы қәнигелериниң қатнасыўында Ишки ислер министрлиги Эксперт- криминалистика бас орайының баллистикалық лабораториясында маманлық арттырады.
Оқыў бағдарламасына муўапық, әмелий оқыў шынығыўында жарамсыз жеңил автотранспортты ҳәр түрли оқатар қураллардан атып, автотранспорттың капот, есик, айна ҳәм орынлығында оқтан қалдырылған излер бойынша бағдары ҳәм аралықты анықлаў үйретиледи. Сондай-ақ, ҳәдийсе орнын дрон арқалы көзден өткериўдиң өзине тән усыл ҳәм қураллары көрсетип бериледи.
Оқыў курсының ашылыў мәресиминде Президент Администрациясы жанындағы Наркотиклерди қадағалаў миллий орайы директорының орынбасары Ш.Қаюмов, Ташкенттеги АҚШ елшиханасының “INL” жойбарының басшысы Нейт Реттенмайер, БМШ Наркотик ҳәм жыняатларға қарсы гүресиў басқармасының регионаллық ўәкилханасының ўәкили М.Султонов, ИИМ Эксперт-криминалистика бас орайының баслығы С.Нуриддинов қатнасты.
Бул оқыў курсы оқатар қураллардың нызамсыз айланысы ҳәм оларды қолланыў менен байланыслы жыняатларды тергеў ҳәм әшкара етиўде халықаралық стандартларға муўапық дәлил затлар бойынша дәлиллеў базасын беккемлеўге хызмет етеди.
ӨзА