Египеттиң «Бүгинги хабарлар» басылымы «Өзбекстанға келген сырт ел туристлериниң саны 10 ай ишинде дерлик бир миллионға көбейди» атамасындағы мақаланы жәриялады.
Мақалада усы жылдың январь-февраль айларының аралығында елимиз 6,5 миллионға шамалас турист қабыллағаны, бул 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 951 мың ямаса 17,2 процентке көп екенлиги, үлкемизге тек октябрь айының өзинде 800 мыңға шамалас сырт ел туристиниң келгени атап өтилген. Бул муғдарды қураған жетекши мәмлекетлер дизими төмендеги көринисти пайда еткен: Тәжикстан – 1,878 миллион, Қырғызстан – 1,87 миллион, Қазақстан – 1,26 миллион, Россия – 686 700, Түркменстан – 145 000, Қытай – 57 700, Ҳиндстан – 55 900. Октябрь айында болса Түркия, Қытай, Ҳиндстан, Италия ҳәм Қубла Корея пуқаралары көбирек Өзбекстанды таңлаған.
Санлары өсип баратырған туристлик ағым экономикалық өсиўге унамлы тәсир көрсетип, хызметлер ҳәр түрлилиги артып, көлеминиң кеңейиўи, бәнтликтиң тәмийинлениўи, сапаның көтерилиўине түртки беретуғынынан дерек. Соның менен бирге бул жағдай ишки базарла қосымша тутыныў талабын пайда етеди. Онда тутыныў материаллары, атап айтқанда, азық-аўқат өнимлери ҳәм транспорт хызметине усыныс көбейип, келешекте тутыныў баҳасына инфляциялық басым пайда болыўының алды алынады.
Муҳаррама Пирматова,
ӨзА