Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясының отыз еки жыллығы мүнәсибети менен «Конституция – еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи» темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Онда жаңа редакциядағы Конституциямызда партия электораты болған бизнесмен ҳәм исбилерменлердиң мәплерине хызмет ететуғын бир неше жаңа нормалар сәўлеленгенине итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, исбилерменлик жумысы кепилликлерин күшейтиў, базар қатнасықларын раўажландырыў, қалыс бәсеки ушын шараят жаратыў, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеў, әдалатлы салық системасын жолға қойыў, монополистлик жумысын шеклеў арқалы ҳақыйқый мәнисте еркин базар экономикасын қәлиплестириў ушын турақлы тийкар жаратылды.
Бас нызамымызда мүлкке қол қатылмаслық ҳәм оның менен байланыслы ҳуқықлардың тәмийинлениўи мәмлекет тәрепинен кепилленгени, мүлкий ҳуқықларды шеклеў тек ғана судтың қарары тийкарында болыўы беккемленди. Мәмлекетимизде товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекетлениўи кепилленди. Бул экономикалық турақлы өсиўи, абадан турмысымыздың сүйениши болып есапланған исбилермен ҳәм бизнеслеримиздиң еркин жумысы ушын беккем ҳуқықый кепиллик жарататуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, илажда жаңаланған Конституциямызда кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, халықтың мүтәж категорияларының турмыс сапасын арттырыў, ҳәр ким турақ жайға ийе болыўын тәмийинлеў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар нормалар сәўлеленгени ҳаққында сөз етилди.
Депутатлар Бас нызамымызда белгилеп берилген усы сыяқлы нормалардың мазмун-мәнисин халқымызға анық ҳәм әпиўайы тәризде түсиндириў керек екенин атап өтип, бул бойынша келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы