Ташкент қаласындағы ИНҲА университетиниң халықаралық көлемде абырайын арттырыў, заманагөй бағдарларды көбейтиў мәселелери додаланды.

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Корея Республикасының Инҳа университети президенти Чо Мёнг Ву менен ушырасыў өткерди. Онда еки тәреп арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Министр Инҳа университетиниң Ташкентте ашылғанына он жыл толғаны, оның өзбек жаслары ушын қаншелли әҳмийетли екенин атап өтти, делинеди Санлы технологиялар министрлиги мағлыўматында.

Сондай-ақ, 400 ден артық өзбекстанлы студент ҳәзирги ўақытта Кореядағы Инҳа университетинде билим алып атырғанын айтып, бул МТ бағдарында билим алыў ушын жасларымыз арасында қызығыўшылық жоқары екенин көрсететуғынын атап өтти.

Тараў Өзбекстан ушын унамлы тәсир көрсетип, келешекте студентлер елимизде заманагөй МТ тараўы қәнигелерин жетистириўде әҳмийетли роль атқарады.

А.РУСТАМОВ, ӨзА