Денсаўлықты сақлаў машқалаларын шешиўде фармацевтика тараўындағы халықаралық бирге ислесиў, нәтийжели ҳәм инновациялық шешимлерди берип барады.
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги директоры Абдулла Азизов Японияға сапары шеңберинде «Токио фармацевтика ҳәм турмыс пәнлери университети» ҳәм “Orihiro Group” компаниясы басшылығы менен ушырасыў өткерди.
“Tokyo University of Pharmacy and Life Sciences” университети президенти Мимаки Ёсихиро менен болған ушырасыўда “Tashkent Pharma Park” кластери аймағында өз жумысын баслаған Фармацевтика техникалық университети ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Додалаўлар даўамында университетлераралық бирге ислесиў байланысларын орнатыў, алмасыў бағдарламаларын енгизиў, сондай-ақ, илимий изертлеўлер бойынша тәжирийбе алмасыў имканиятларын үйрениў ҳәм Японияда PhD дәрежесин алыўды енгизиў бойынша келисимге ерисилди, делинеди Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги мағлыўматында.
Мағлыўмат ушын: “Tokyo University of Pharmacy and Life Sciences” университети 1880-жылы Японияда фармацевтлерди таярлаў ушын биринши жеке меншик билимлендириў мәкемеси сыпатында шөлкемлестирилген ҳәм фармацевтика бағдарындағы университетлер рейтингинде жоқары орынды ийелейди. 140 жыллық тарийхы даўамында питкериўшилериниң саны 41000 ди қурайды.
Буннан тысқары, Абдулла Азизов Гунма префектурусында жайласқан “Orihiro Group” компаниясының басқарыўшы директоры Жиничи Томита менен ушырасыў өткерди. Сөйлесиўлер даўамында мәмлекетимизде, соның менен бирге, ҒМДА мәмлекетлеринде емлеўдиң профилактикалық усылының әҳмийети артып баратырғаны себепли жоқары сапалы биологиялық белсенди қосымшаларға болған талап өсипе баратырғанын атап өтти. Жергиликли базар талапларын қанаатландырыў мақсетинде компания өнимлерин елимизде жоқары стандартлар тийкарында ислеп шығарыў ушын жергиликли ислеп шығарыўшылар менен бирге ислесиў усынысы алға қойылды. Компания ўәкиллери тәрепинен усы усыныс үйренилип, жергиликли бирге ислесиўшини сайлаў бағдарында келисимлерге ерисилди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, “Orihiro Group” – 1972-жылы шөлкемлестирилген биологиялық белсенди қосымшалар, сондай-ақ, азық-аўқат өнимлерин асептикалық толтырыў ҳәм қадақлаўдың алдынғы технологияларын ислеп шығыўға қәнигелескен Японияның жетекши компанияларынан бири болып табылады.
М.Ҳожиакбарова, ӨзА