Оманның «Ар-Рая» басылымында журналист Иброҳим Ал-Ҳодийдиң «Өзбекстан парламенти сайлаўында электрон даўыс бериў арқалы 20 миллионға шамалас адам қатнасты» темасындағы хабар жәрияланды.
Мақалада Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўы процесин басқарыўдың автоматласқан системасында қәлиплестирилген Сайлаўшылар электрон дизимине 19 944 859 пуқара киргизилгени, быйылғы сайлаў жаңаланған Конституция ҳәм миллий сайлаў нызамшылығына бола, аралас система тийкарында өткерилгени атап өтилген.
Иброҳим Ал-Ҳодий «Мениң таңлаўым – абат Ўатаным!» сүрени астында өткен сайлаўда «E-saylov» мәлимлеме системасының иске қосылыўы үлкен әҳмийетке ийе болғанына да тоқтап өткен. Яғный, бул система арқалы сиясий партиялар талабанлардың нызамшылық талапларына сәйкеслик жағдайы бойынша сайлаў комиссиялары менен оператив ислесиў имканиятына, пуқаралар болса зәрүр информация алыўда көплеген қолайлықларға ийе болғанын атап өткен. Бир сөз бенен айтқанда, системаның абзаллығы толық көзге тасланған.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА