Қытай қубласындағы Гуандун провинциясы Гуанжоу қаласында ушар автомобиль ислеп шығарыўшы завод қурыла басланды. Бу ҳаққында “Синьхуа” агентлиги мәлимлеме берди.
Кәрханада Ланд Aирcрафт Cарриер маркалы уша алатуғын машина ушын модуллер ислеп шығарылады. Келешекте жойбар қуўатлылығы жылына 10 мың дананы қурайды.
Сентябрь айында биринши пәрўазды әмелге асырған бул модел саўдасы жыл ақырында басланады.
Алдынырақ Илон Маск “Тесла” компаниясы тәрепинен жаратылған “Cybercab” робот-таксиди усынғанын еслетип өтемиз.
ӨзА