Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) Бас хаткери Сергей Лебедев басшылығындағы делегация Сенатқа барды.
Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда С.Лебедев мәмлекетимизде болып өткен әҳмийетли сиясий илаж-парламент сайлаўының демократиялық принциплерге толық сәйкес түрде ашық-айдын ҳәм әдил өткерилгенин атап өтти.
Мийманлар Өзбекстанда барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли унамлы өзгерислер ҳәм нызамшылықтағы реформаларды жоқары баҳалады.
Мәмлекетимиздиң ҒМДА шөлкеми ҳәм оған ағза мәмлекетлер менен жедел сөйлесиўи ҳәм басламалар менен қатнасыўы атап өтилип, келешекте де экономикалық, мәдений-гуманитарлық бағдарларда бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери додаланды.
- * * *
Сенатта Пакистан Ислам Республикасы Сенатының «Пакистан-Өзбекстан» дослық топарының басшысы Сармад Али басшылығындағы делегация ўәкиллери менен де ушырасыў болып өтти.
Онда Өзбекстан ҳәм Пакистан мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли мәмлекетлер арасындағы қатнасықлар беккемленип, басқышпа-басқыш кеңейип атырғаны атап өтилди.
Еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларының раўажланыўында парламентлераралық байланыслар үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилип, сиясий, саўда-экономикалық, инвестиция ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында өз-ара бирге ислесиў байланысларын және де кеңейтиў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Пакистан парламентлераралық дослық топарлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен биргеликтеги парламент қадағалаўын жолға қойыў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Н.Абдураимова,
ӨзА