Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде Малайзия Халықаралық ислам университети басқарыў кеңеси ағзасы Дато Шри Доктор Сед Ҳуссеин Ал Ҳабшее ҳәм Малайзияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Илҳам Тя бин Иллияс басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиўде Өзбекстан тәрепинен жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов басшылығындағы жуўапкерлер қатнасты.
Сөйлесиў даўамында Малайзия бас министриниң усы жылы май айындағы Өзбекстанға рәсмий сапары нәтийжелери бойынша белгиленген тапсырмалардың орынланыўы, соның ишинде, еки мәмлекет арасында жоқары билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шерикликти кеңейтиў бағдарындағы жумыслар бойынша пикир алысты.
Сондай-ақ, студентлер алмасыўы, илим, биргеликтеги илимий изертлеўлерди әмелге асырыў, шет тиллер, туризм, ислам қаржысы, ҳәм ҳадал экосистема бағдарларында бирге ислесиў қатнасықларын кеңейтиў перспективалары да көрип шығылды.
ӨзА