Ал-Жарида: Өзбекстанда заманагөй сайлаў системасы ислемекте

517

Кувейттиң «Ал-Жарида» басылымында «Өзбекстанда сиясий ҳәм нызамшылық жумысының жаңаланыўына хызмет етиўши сайлаў системасы қабыл етилген» темасындағы мақала жәрияланды.

– Өзбекстанда жүз берип атырған үлкен сиясий өзгерислер тийкарында, соның ишинде, сайлаў нызамшылығында да нәтийжели реформалар әмелге асырылды,-делинген мақалада. – Атап айтқанда, демократиялық ҳәм республикалық басқарма таянышы, халық ҳәкимиятының тийкары сыпатында жаңа сайлаў системасы иске қосылып, Олий Мажлис нызамшылық палатасына сайлаўда мажоритар тәртиптен көпшилик ҳәм пропоционал ўәкилликти бирлестирген аралас системаға өтилди. Германия, Италия, Япония сыяқлы раўажланған мәмлекетлерде қолланылып атырған бул усыл әдил нәтийжени тәмийинлеў, Өзбекстандағы сиясий көринисти сәўлелендириўге қаратылған. Партиялар енди сайлаўшылар менен нәтийжели пикирлесе алатуғын белгили, исенимли талабанларды алға қойыўға итибар қаратыўы керек.  Қалаберди, жаңа система майданға жаңа сиясатшылардың шығыўына тийкар жаратады.

Өзбекстан сайлаў системасындағы реформалар мәмлекетте жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий процессти билдиреди. Аралас системаға өтиў арқалы болса сиясий партиялар арасындағы бәсекини күшейтиў мақсет етилген.

Муҳарамма Пирматова, ӨзА