ЕҚБШ ўәкиллери Өзбекстанда нызамлар халықаралық стандартлар тийкарында қабыл етилип атырғанын жоқары баҳалады

531

Сенат Баслығы Танзила Норбоева Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы миссиясы басшысы Дуглас Уэйк басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстанның нызамшылық жумысындағы жаңалықлар, өзгерислер ҳәм нәтийжелер айрықша атап өтилди. Әсиресе, нызамлар ислеп шығылыўында ҳәм қайта көрилип шығылыўында инсан ҳуқықларын тәмийинлеў принципи баслы критерия  сыпатында белгилеп алынғаны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында ҳаял-қызлардың мәмлекет ҳәм жәмийеттеги, әсиресе, сиясий процесслерде белсендилиги артқаны ҳәм имканияты шекленген шахслардың мәплерин қорғаўшы ҳуқықый нормалар енгизилгени атап өтилди.

ЕҚБШ ўәкиллери тәрепинен Өзбекстанда нызамлар халықаралық стандартлар тийкарында қабыл етилип атырғаны жоқары баҳаланды ҳәм бул бағдардағы усыныс-пикирлер  қызғын додаланды.

                                                                                                            ӨзА