Телекоммуникация тармақлары технологиялық жетискенликлер ҳәм тутыныўшылардың өзгериўшең талапларының тәсири астында жедел раўажланбақта. Бул бағдарда мәмлекетимизде ҳәр бир тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, шетки аймақларда телекоммуиникация системаларының раўажланыўы телекоммуникация тармақларына кириў имканиятларын жаратады. Интернет хызметлериниң баҳасын арзанлатыўда унамлы нәтийжелерге ерисиўге имканият берди.
Бул бағдардағы жумысларды жетилистириў мақсетинде «Телекоммуникациялар ҳаққында»ғы нызам ислеп шығылды.
Сенат жалпы мәжилисинде көрип шығылған нызамды таярлаўда телекоммуникация базары раўажланған сырт еллердиң тәжирийбеси ҳәм әмелияты терең талланған.
Нызамда телекоммуникация базарын тәртипке салыўшы регулятор ҳәм бул базарды раўажландырыў сиясатын алып барыўшы мәмлекетлик уйымлардың ўазыйпалары анық белгиленген.
Соның ишинде, нызамда тәртипке салыўшы уйымға телекоммуникациялар тараўындағы жумысты лицензиялаў, руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыў, тәбийғый ҳәм техноген қәсийетли айрықша жағдайларда ямаса айрықша жағдайларда телекоммуникация инфраструктураларынан баслы түрде пайдаланыў ўәкилликлери берилмекте. Олардың жумысын тиклеў ҳәм раўажландырыў, операторлар ҳәм провайдерлердиң жумыс ислеўи ушын тең ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў де солардыӊ қатарына киреди.
Сондай-ақ, тәртипке салыўшы уйымның өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлериниң талаплары барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий етип белгиленбекте.
Сенаторлар мақуллаған нызам исбилерменлик субъектлерине жеңиллик бериў менен бирге ҳүкиметтиң экономика ҳәм жәмийетти санластырыў бойынша стратегиялық бағдарламасының әҳмийетли бөлеги болған телекоммуникация секторының турақлы раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратады.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА