Президент Шавкат Мирзиёев 22-октябрь күни локализациялаў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Экономиканы ҳәрекетлендириўши бул бағдарларда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Соңғы жети жылда мәмлекетимизге 78 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары келген. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша нызам қабыл етилип, мыңнан аслам жойбарлар басланған. 1 мың 800 түрдеги жаңа өнимди өзимизде ислеп шығарыў жолға қойылған.
Соның менен бирге, еле потенциал үлкен. Мәжилисте бул бағдарлардың ҳәр бири талланып, қосымша имканиятлар көрсетип өтилди.
Бүгинги күнде барлық тармақларда 140 миллиард долларлық 366 ири жойбар әмелге асырылмақта. Инвестиция жойбарлары шеңберинде жылына 15 миллиард долларлық үскене, шийки зат ҳәм қурылыс материаллары алып келинбекте. Усылардың ҳәр биринде жергиликли үлести көбейтиў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Елимиздеги ири тармақларда да усындай имканиятлар бар. Мәселен, энергетика тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасына муўапық, 36 миллиард долларлық 164 қуўатлылық жаратылады. Соннан 88 и мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылады.
Таў-кән санааты бойынша да 1 миллиард 230 миллион долларлық бағдарлама қабыл етилген. Тараўдағы ири комбинатларға жергиликли кәрханалар өз-ара мәпдар байланысқан.
Автосанаатта да усы бағдарда иске қосылмаған имканиятлар көп. Айырым қоңсы мәмлекетлерде автомобильдиң аўысық бөлеклерине жыллық талап 1 миллиард долларды қурайды.
Локализациялаў процесинде баҳа бойынша да, сапа бойынша да бәсекиге шыдамлы өним шығарып, экспортты көбейтиўге айрықша итибар қаратыў керек екенлиги атап өтилди.
Усы бағдарлар бойынша анық жойбарларды қәлиплестирип, имканиятларды нәтийжеге айландырыў кереклиги атап өтилди. Санаат тармақлары менен аймақлар арасында кооперацияны раўажландырыў, мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли өним ҳәм хызметлердиң үлесин арттырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Жақында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи тийкарында 30 милиард долларлық инвестиция жойбарлары тастыйықланды. Онда ҳәр бир тараўдың имканиятлары ашып берилген. Соның ишинде, транспорт бойынша 10 миллиард доллар, социаллық тараўларда 6 миллиард доллар, коммунал тармақта 5 миллиард долларлық режелер нәзерде тутылған.
Бул жойбарларға инвесторларды кеңнен тартыў, қаржыларды нәтийжели қаратыў ўазыйпалары атап өтилди.
Мәжилисте сырт ел инвестициялары ағымы ҳәм келешектеги режелер де көрип шығылды.
Усы жылдың тоғыз айында 23 миллиард 660 миллион доллар сырт ел қаржысы кирип келген. Сондай-ақ, 4 миллиард 600 миллион долларлық 120 ири қуўатлылық иске қосылған.
Жыл ақырына шекем бул пәт даўам етеди. Ҳәзирги күнде 2017-2024-жылларда тартылған сырт ел инвестицияларын улыўма баҳасы 100 миллиард доллардан артыўы күтилмекте.
Мәжилисте жуўапкерлер белгиленген ўазыйпаларды орынлаў режелери бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА