Малайзия Миллий мәлимлеме агентлиги «Bernama» мәмлекетимиздиң усы мәмлекеттеги елшиси Каромиддин Гадоевтиң пикирлерин сәўлелендирген. Мақалада еки ел арасындағы байланыслар географиялық жайласыў көзқарасынан Орайлық Азия ҳәм Қубла-шығыс Азияны байланыстырыўшы стратегиялық көпир болып хызмет ететуғыны көтериңки руўхта атап өтилген.

Агентликтиң хабаршысы менен сәўбетте дипломатымыз Малайзия Қубла-шығыс Азия мәмлекетлери ассоциациясы (АСЕАН) басшылығына алған 2025-жылы қатнасықларды және де беккемлеў ушын әжайып имканият екенине итибар қаратты.

– АСЕАН орайында жайласқан Малайзия биз ушын региондағы жақын дос, стратегиялық бирге ислесиўши сыпатында аймақтағы барлық мәмлекетлер менен байланысларды беккемлеўге жәрдем бериўи мүмкин,-деди ол. – Сондай-ақ, мәмлекетлеримиз мәдений, социаллық жақтан бир-бирине уқсас. Биз 27-октябрь күни болып өтетуғын парламент сайлаўында малайзиялы бақлаўшыларды көриўден қуўанамыз.

Елшимиз Өзбекстанда болып атырған бул сиясий процессте 50 ден аслам халықаралық бақлаўшы, сонша мәмлекет, соның ишинде Малайзиядан да 150 ғалаба хабар қуралы ўәкилиниң қатнасып атырғанына итибар берди.

Еслетип өтемиз, бул бирге ислесиўши мәмлекет делегациясының қурамында алты халықаралық бақлаўшы ҳәм «Bernama» хызметкери де бар.

Малайзиялы бақлаўшылар 1999-жылдан берли республикамыздағы сайлаўларда турақлы қатнасып келмекте. Соның ишинде, парламентлик ҳәм президентлик сайлаў, сондай-ақ, 2023-жылы болып өткен конституциялық референдум ҳәм гезексиз президентлик сайлаўында да қатнасқан.

Муҳарамма Пирматова, ӨзА