Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 21-октябрь күни «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор болып өтти.
Мәмлекетимизде ҳәр жылы 200 миллион түп терек ҳәм путалар егип, жасыллық көринисин 2030-жылға шекем 30 процентке жеткериў мақсети белгиленген. Соңғы жылларда бул көрсеткиш 12 процентке жетти.
Быйылғы бәҳәрде 138 миллион түп нәл егилди. Жыл басынан берли 10 мың гектардан аслам «жасыл белбеў», министрлик ҳәм ҳәкимликлер 257 бағ жаратты. Аралбойында жасыл қаплама 2 миллион гектардан артты.
Усы жылдан баслап жол, дәрья ҳәм каналларға тутас 2 мың гектар жер 10 мың халық ҳәм исбилерменлерге егиў ушын ижараға берилди. «Мениң бағым» жойбары шеңберинде бюджеттен 49 миллиард сум ажыратылып, мәҳәллелерде 215 жаңа бағ жаратылмақта.
Бул ис-ҳәрекетлер Тәбиятты қорғаў халықаралық аўқамы, Шөлистанлыққа қарсы гүресиў конвенциясы атқарыў уйымы тәрепинен де тән алынбақта.
Бирақ айырым орынларда усындай қайырлы исте немқурайдылыққа жол қойылғаны өкинишли. Айырым районларда суўғарыў системасы жоқ жерге нәл көширилген яки кесилген тереклердиң орнына жаңалары егилмеген.
Мәжилисте ҳәзирги мәўсим ҳәм келеси жылға мөлшерленген ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бәринен бурын, елимиз климатқа сай келетуғын нәллерди көбейтиў керек екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, Илимлер академиясы, экология, аўыл, суў ҳәм тоғай хожалығы, карантин системасындағы илимий-изертлеў шөлкемлери, жоқары оқыў орынлары, ин-витро лабораториялары менен нәтийжели жумыс алып барылса, туқым ҳәм нәл жетистириўден 2-3 есе дәрамат табыў мүмкин. Илим де раўажланады.
Кейинги жылы Нөкис, Арнасай, Қаракөл ҳәм Мүбәрек районларында суўсызлық ҳәм шорға шыдамлы галофит өсимлигинен ибарат 4 бағ жаратылады. Сондай-ақ, Қарақалпақстан, Бухара, Жиззақ, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Хорезмниң 250 мың гектар шөлинде суў талап етпейтуғын сексеўил, қандим, черкез туқымлары дрон менен егиледи.
Бәҳәр мәўсиминде тоғай хожалықларында саламат аналық плантациясын таңлаў арқалы жылына 1,5 мың тонна туқым таярланады. Қубла Корея тәжирийбеси бойынша суўсызлыққа шыдамлы, климат шараятына сай жабық тамырлы контейнер ҳәм ин-витро усылында 2 миллион нәл алыў жолға қойылады. Маҳмуд Мирзаев атындағы институттың Самарқанд, Хорезм, Ташкент ҳәм Ферғана ойпатлығындағы жерлерде жылына 10 миллион дана мийўели нәллери жетистириледи.
Нәл егиў жумысларын да шөлкемлескенлик пенен өткериў имканиятлары көрсетип өтилди.
Бунда үлкен күш мәҳәллелерде. Жасыллық, абатлық та, бәринен бурын, адамлардың өзине керек. Сол себепли «мәҳәлле жетилиги» ўәкиллери өзине бириктирилген көшелерде 100 түптен жәми 6 миллион түп саяманлы терек жетистиреди. Сондай-ақ, басқа көшелер, бос майданлар ҳәм көп қабатлы жайлардың әтирапында 3 миллион түп нәл егиледи. Улыўма, мәҳәллелерде 20 миллион түп саяманлы ҳәм мийўели терек ексе болады.
Тоғай хожалығы агентлигине барлық мәҳәллелерде ярмарка шөлкемлестирип, 30 миллион түп нәл жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды. 20 мыңнан аслам билимлендириў орайлары ҳәм емлеўхана аймағында 2,5 миллион, жасларға б5лип берилген 60 мың гектар жерде 1,5 миллион түп терек егиў мүмкин екенлиги айтылды.
Ҳәкимликлер ҳәм министрликлер тәрепинен гүзде 40 миллион түп нәл егилиўи режелестирилген.
Атап айтқанда, 13 халықаралық автомобиль жолы бойында 9 миллион түп нәл егиледи. Және 2 мың километр жоллардың жағасы усы мақсетте 10 мың пуқара ҳәм исбилерменлерге бөлип бериледи. Ташкент –Самарқанд ҳәм Самарқанд –Қаршы темир жолы бойларына да нәл егиледи. Атыз шетлеринде 21 миллион түп терек, тут ҳәм жүзим жетистириледи.
Қорғаныў министрлиги 200 мың түп, Ишки ислер, Миллий гвардия ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги системаларының ҳәр бири 100 мың түптен нәл егиўге жуўапкер болады. Шығынды полигонлары әтирапында «жасыл белбеў» қурылады.
Атап өтилгениндей, келеси жылда «Жасыл мәкан» жойбары ушын 100 миллиард сум ажыратылады. Ендигиден былай тереклерди 3 жыл пардозлаў, кеселликтен сақлаў, суўғарыў қәрежетлери де инвестициялық бағдарламаға киргизиледи.
Суўғарыў бойынша еки түрли тәжирийбе әмелге асырылады. Атап айтқанда, 27 районда биреўден қудық қазыўға рухсат бериледи. Бәҳәрде 14 районның таў ҳәм жайлаў қыялықларында қабат-қабат етип, 500 гектар терек егиледи.
Ўәлаятларда «Мениң бағым» жойбары бойынша жасыл аймақлар ҳәм жәмәәтлик парклерди қурыў бойынша тапсырмалар берилди. Бул майданлар егиў мәўсимине шекем, «Ашық бюджет» порталына қойылып, терек түрлери бойынша усыныс ҳәм олардың баҳасы көрсетиледи. Соның менен бирге, пардозлаўда жуўапкерсизлик еткен тәреплерди мобиль қосымша арқалы ескертиў системасы жолға қойылады.
Соңғы ўақытларда елимизде шаң-тозанлар тез-тез пайда болып атырғаны атап өтилди. Буған глобал климат өзгериўи менен бирге тереклердиң нызамсыз түрде кесилиўи, суўдың азайыўы, шарўа малларының тәртипсиз түрде бағылыўы да себеп болмақта. Шөллердеги өсимликлер түрлери де кескин азайған.
Мәмлекетимиз басшысы халық көбейип баратырған ҳәзирги шараятта азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ең үлкен резерв жайлаўлар екенин атап өтти.
Сол себепли 16 миллион гектар жайлаў жерлерин басқарыў Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетине өткерилиўи белгиленди. Комитетке шөллерди деградациядан шығарыў бойынша үш жыллық бағдарлама таярлаў ўазыйпасы тапсырылды. Келеси жылы бул мақсетлер ушын дәслеп 50 миллион доллар грант қаржылары кеңнен тартылады.
Тараўға байланыслы және бир машқала – шөл өсимликлери қапламасы жоғалып кетип атырғаны. Сол себепли жуўапкерлерге Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларының шөл ҳәм ярым шөл аймақларында жасыл майданларды көбейтиў бойынша көрсетпе берилди.
«Өзбеккосмос» агентлиги менен биргеликте шөллерде экологиялық жағдайды мониторинг етиў платформасы жаратылады. Тоғай хожалығы агентлигиниң бул бағдардағы жуўапкершилиги арттырылады. Ендигиден былай, бул шөлистанлыққа қарсы гүресиў менен де шуғылланады, ҳәкимликлер жанындағы «Йўл кўкалам» шөлкемлери агентлик системасына өтеди.
Агентликке Илимлер академиясы менен биргеликте 20 гектарда тәжирийбе майданшасы шөлкемлестирилип, декрадацияға ушыраған жайлаўларды қайта тиклениўши өсимликлерди жетистириў ўазыйпасы қойылды.
Президентимиз жәмийетте саламат турмыс тәризин кеңнен ең жайдырыў мәселелерине де тоқтап өтти. Халықты физикалық саламатландырыў, спорт, жүриў ҳәм дурыс аўқатланыў бойынша жаңа көзқарасларды енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемелери ҳәм режелери тыңланды.
ӨзА