Жаңа система – «Санаат үшмүйешлиги» бағдарламасы таярланады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент ўәлаятын раўажландырыў ўазыйпалары бойынша мәжилис даўам етпекте.
Ангрен, Алмалық, Аҳангарон қалалары, Пискент ҳәм Аҳангарон районларының ўәлаят санаатындағы үлеси 50 процентти қурайды.
Бул 5 қала-район бир-бирине жақын жайласқан болып, шийки зат резервине жүдә бай.
Бул жерлерде өндиристи кооперация ҳәм кластер тийкарында шөлкемлестириў ушын пүткиллей жаңа система – «Санаат үшмүйешлиги» бағдарламасын таярлаўға қарар етилди.
Мәселен, Алмалық комбинатында жылына 600 мың тонна темир қурамына қосымша компонент – «огарок» ислеп шығарылмақта. Аҳангарон районы ҳәм қаласы, Пискенттеги 3 цемент заводы өндиристе усы компоненттен пайдаланбақта.
Районлар кооперация ислесе, транспорт қәрежети 20-30 процентке, өзине түсер баҳасы болса 5-10 процентке азаятуғыны атап өтилди.
ӨзА