Өзбекстан ҳәм Оман логистика, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда жаңа жойбарларды әмелге асырыўды режелестирмекте.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов «Asyad Group» компаниясы басқарма баслығы Шейх Носир Сулайман Ал-Хартий басшылығындағы делегация менен сөйлесиў өткерди. Ушырасыўда Султанлықтың мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вафо Жабр Носир Ал-Бусаидий де қатнасты.
«Asyad Group»тың көп тәреплемели жумысын есапқа алған ҳалда, Өзбекстан – Оман саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шериклигиниң кең шеңбери көрип шығылды.
Сөйлесиў даўамында Оман тәрепи жедел инвестициялық қатнас орнатыў мүмкин болған пайдаланылмаған тараў ҳәм имканиятларға айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыўда елимизде исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараят жаратылғаны, тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы, логистика, көшпес мүлкти басқарыў, мийманхана бизнеси ҳәм туризм сыяқлы тараўларда узақ мүддетли келешекке мөлшерленген, жоқары жаңа ағымдағы баҳа көрсеткишине ийе жойбарлар ислеп шығыў имканиятының бар екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиў соңында тәреплер шерикликти раўажландырыў тәрепдары екенин тастыйықлады. Бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылып, ҳүжжетте өз көринисин тапқан жаңа басламаларды әмелге асырыў режеси белгилеп алынды.
М.Пирматова, ӨзА