Ислам бирге ислесиў шөлкеми Мәлимлеме агентликлериниң аўқамы UNAOIC «Араб тилинде сойлеспейтуғын ИБШға ағза мәмлекетлер мәлимлеме агентликлеринде арабша мазмунды жақсылаў» темасында вебинар шөлкемлестирди.

Илажда қатнасқан ӨзАның араб тили бойынша жетекши редакторы Фатҳиддин Самариддинов агентлигимиз ҳаққында қатнасыўшыларға толық мағлыўмат берди. Атап айтқанда, жаңалықлар тоғыз тилде, соның ишинде, араб тилинде де басып шығарылыўы, бөлим 2010-жылы жумыс баслағаны мәлим етилди.

ӨзА барлық бирге ислесиўшилер, сондай-ақ, Патша Салмон атындағы араб тили халықаралық академиясы менен бирге ислесиўди күшейтиўге умтылып атырғаны атап өтилди.

Араб дүньясын мәмлекетимиз бенен және де жақынырақ таныстырыў, буғаз аймағын елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, унамлы өзгерислерден хабардар етиў, оқыўшыларды исенимли мәлимлеме менен тәмийинлеў тийкарғы мақсети етип белгиленгени айрықша атап өтилди.

– Жәмәәтимиз дүньяның жетекши мәлимлеме агентликлери менен бирге ислесиўди турақлы раўажландырыў, нәтийжели мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў, дүньяда жүз берип атырған ўақыялар ҳаққында халықты әдил, ҳақыйқый мәлимлеме менен оператив тәмийинлеў имканиятын избе-из кеңейтпекте,-деди Ф.Самариддинов. – Атап айтқанда, Буғаз мәмлекетлери менен еки ҳәм көп тәреплеме байланыслар жедел раўажланып атырғаны араб тилиндеги мәлимлемелеримизде де анық сәўлеленбекте.

Муҳарамма Пирматова, ӨзА