Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигинде мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызмет нәтийжелилигин баҳалаўға бағдарланған «Uzbekistan Government Quality Award 2024» бағдарламасы 2-циклиниң нәтийжелерин усыныс етиўге бағышланған мәресим болып өтти.
Онда БАӘниң жоқары мәртебели делегациясы, соның ишинде, бағдарламаның төреши ағзалары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў ҳәм Стратегиялық реформалар агентликлериниң басшылары ҳәм жуўапкер ўәкиллер қатнасты.
Ўәкиллер өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бағдарында еки тәреплеме бирге ислесиў барған сайын кеңейип баратырғанын атап өтти.
Соң, бағдарлама нәтийжелери мәлим етилди. Онда жойбар толық санластырылғаны, қәнигелер бир неше мәрте министрликлерде семинарлар өткергени 3 жаңа – HR, жас мәмлекетлик хызметкер ҳәм жас ҳаял-қызлар мәмлекетлик хызметкерлер категориялары белгиленгени мәлим етилди.
Берилген усыныслар бағдарламада қатнасқан ҳәр бир министрликте терең талланыўы ҳәм «Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде алдына қойылған ўазыйпалардың орынланыўын сапалы тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сөйлесиў даўамында «Өзбекстан мәмлекетлик уйымлар жумысының нәтийжелилигин баҳалаў» бағдарламасының 2-цикли жеңимпазларын сыйлықлаў мәресимин өткериў мүддетти бойынша келисимге ерисилди.
Н.Абдураимова, ӨзА