Өзбекстанда адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссия жумыс алып бармақта.

Комиссияның ҳәрекетлери менен пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, мийнет қатнасықларын халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў бағдарында унамлы нәтийжелерге ерисилмекте.

Тараўға байланыслы нызамшылық тийкарларын беккемлеў, нызамшылық базасын халықаралық стандартларға муўапықластырыў, Халықаралық мийнет шөлкеминиң конвенцияларын ратификациялаў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.

Соның менен бирге, бул комиссия мәжбүрий мийнет пенен байланыслы мүрәжатлер, жағдайларға да өз ўақтында мүнәсибет билдирмекте.

Социаллық тармақларда пахта жыйын-теримине шықпаған пуқараларға напақа пулы төленбеслиги, соның менен бирге, мектеп муғаллимлериниң пахта жыйын-терими жумысларына адам шығарыўға мәжбүрлениўине байланыслы тарқалған хабарлардағы жағдайлар Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссиясы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Бул жағдайлар оператив түрде үйрениледи ҳәм жуўапкерлердиң жумысына ҳуқықый баҳа берилиўи тәмийинленеди. Пахта жыйын-теримине байланыслы мәжбүрлеў илажларына жол қойылмайды.

Комиссия бундай жағдайлар анықланған жағдайда 1282 ямаса 1092 қысқа номерлерине ямаса @munosibmehnat_bot телеграмм боты арқалы мүрәжат етиўиңизди сорайды.

Н.Абдураимова, ӨзА