Жақында Россияның «Комсомольская правда» газетасында «Өзбекстанда туризм тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар россиялы туристлерди өзине тартпақта» атамасындағы мақала жәрияланды.
Автор Лилия Сокольникованың жазыўынша, Өзбекстанға саяхат – бул тәсирлер, тарийх пенен жүзлесиў, бийтәкирар гастрономия ҳәм саламатлық ушын имканият болып есапланады. Саяхат даўамында дерлик үш мың жыллық қалаға барыўыңыз, дүньядағы ең мазалы нан ҳәм палаўды жеп көриўиңиз мүмкин.
«Сонша тәсир алыў ушын дүньяның ярымын гезип, миллионлаған ақша сарыплаў керек, деп ойлайсыз ба, ондай емес. Сиз Өзбекстанға әлбетте барыўыңыз шәрт. Гүз – бул мәмлекетке саяхат етиў ушын әжайып ўақыт. Бул мәўсимде әййемги қалалар бойлап сейил етиў жағымлы»,-делинеди мақалада.
Сондай-ақ, басылымда көплеген гастрономиялық ҳәм басқа да фестивальларда қатнасыў арқалы өзбек асханасы менен танысыў имканияты бар екенлиги де атап өтилген.
Ў.Алимов, ӨзА