Өзбекстан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң ўәкиллери ҳәм Уллы Британиядағы «Harrow School» шөлкеминиң Азиядағы халықаралық мектеплери – «AISL Harrow Schools» жойбарлар бойынша директоры Дэйзи Хо арасында онлайн сөйлесиў болып өтти.
Мәмлекетимиздиң патшалықтағы елшиханасының жәрдеминде шөлкемлескен ушырасыў алдында сырт ел тәреп Жаңа Өзбекстанда билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен таныстырылды.
Мырза Хода өзи жумыс алып барып атырған жәмәәт ҳаққында толық мағлыўмат берип, Өзбекстанда бөлим ашыўға қызығыўшылық билдирди.
Сөйлесиў соңында 15-17-октябрь күнлери Ташкентте өткерилетуғын Орайлық Азия билимлендириў форумында «AISL Harrow Schools» ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлеў бойынша келисимге ерисилди.
1572-жылы Патшайым Елизавета I басламасы менен ашылған «Harrow» мектеби Итон колледжи сыяқлы оқыўшыларды дүньяның жетекши оқыў орынларына таярлап беретуғын ең абырайлы билим дәргайы болып есапланады. Усы билимлендириў дәргайының питкериўшилери арасында көплеген бурынғы бас министрлер, соның ишинде Уинстон Черчилл, Жавоҳарлаъл Неру, Қатар Әмири бин Ҳамад Ол Соний ҳәм басқалар бар.
1998-жылы дүзилген «AISL Harrow Schools» болса «Harrow» мектебиниң Азиядағы халықаралық оқыў дәргайларын басқарады. Ҳәзир Қытай, Япония ҳәм Таиландта структураның 13 мектеби бар.
ӨзА