Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2019-жыл 7-июньдеги 468-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» қарар қабыл етти.
Оған муўапық, Ҳүкиметтиң 2019-жылы 7-июньдеги қарарына:
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери магистратурасына оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тәртиби;
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде жеңилликке ийе болған абитуриентлер реестрин қәлиплестириўде ўәкилликли уйымлардың жуўапкершилигин арттырыўды нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи.
Усы қарарға бола, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери магистратурасына оқыўға кириў ҳаққындағы арзаларды қабыллаў Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң арнаўлы электрон платформасы арқалы әмелге асырылады.
ӨзА