Самарқанд қаласында «Жергиликли халықтың турмыс дәрежесин арттырыўда мәҳәллениң орны» темасында халықаралық конференция өткерилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» идеясы тийкарында шөлкемлестирилген илажда БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасы, UNICEF, UNDP, UNODC, UNFPA, USAID сыяқлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт еллердиң елимиздеги елшилери, сырт ел ҳәм жергиликли экспертлер, мәҳәлле белсендилери қатнаспақта.


Халықаралық конференцияның жалпы мәжилисинде Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының баслығы Қаҳрамон Қуронбоев, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Өзбекстандағы турақлы координаторы Маҳл Сабине, USAIDтың мәмлекетимиздеги миссиясы басшысы Девид Хофман, Олий Мажлис Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң баслығы Малика Қодирхонова  бул илаждың әҳмийети ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелер, мәмлекетимизде мәҳәлле басқарыўы системасын жетилистириў бағдарындағы жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында сөз етти.


Сондай-ақ, әнжуманда халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, мәҳәлле системасы менен тиккелей жумыс ислейтуғын министрлик ҳәм уйымлардың басшылары шығып сөйледи.



Жалпы мәжилистен соң конференция секторларға бөлинген ҳалда даўам етеди.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары