Миллий баспасөз орайында Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен интернет басылымлары журналистлери ҳәм социаллық тармақ белсендилери (блогерлер) ушын жәрияланған «Ең жақсы миллий контент» республикалық таңлаў жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Илажда Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығы ў.а. Х.Салимов бүгинги күнде мәмлекетимиз мәлимлеме мәканын толық, исенимли, пуқта хабарлар менен толықтырыў, миллий контентти кеңнен байытып барыў ҳәм бул бағдардағы жумысларды барған сайын жетилистириў әҳмийетли екенин атап өтип, усы таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм оған таярлық көриў процеси ҳаққында қысқаша мағлыўмат берди.
Өзбекстан Журналистлер аўқамы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен жәрияланған таңлаўда қатнасып, «Халық, әсиресе, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, ақыл-ойы ҳәм дүньяқарасын жоқарылатыў, бәркамал шахсты тәрбиялаўда китапқумарлық мәдениятын арттырыў» жойбары бойынша жеңимпаз болған.
Быйылғы жылы усы жойбар шеңберинде аўқам тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, балалардың жас категориясынан келип шыққан ҳалда 10 атамадағы китаплар баспаға тапсырылды. Аўқам мәлимлеме хызмети хызметкерлери тәрепинен олардың аудио варианты таярланбақта. «Ең жақсы миллий контент» таңлаўы да әне, усы жойбар шеңберинде өткерилмекте.
Бизге белгили, Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2024-жыл январь айының басында Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде миллий контентти байытыў бағдарында тараў жуўапкерлери алдына әҳмийетли ўазыйпалар қойған еди.
«Ең жақсы миллий контент» таңлаўы бағдарын белгилеўде усы ўазыйпалардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды.
Таңлаў еки бағдар – Интернет журналистикасы ҳәм Блогерлик жумысы бойынша өткерилди.
Интернет журналистикасы бойынша «Китапқумарлықты үгит-нәсиятлаўға бағышланған ең жақсы материаллар ушын», «Жаслардың руўхый дүньясын байытыўға қаратылған ең жақсы материаллар ушын», «Интернет тармағында жәрияланған ең жақсы миллий контент ушын», «Әҳмийетли темалардағы ең жақсы сын-таллаў материаллары ушын» номинациялары шөлкемлестирилди.
Блогерлик жумысы бойынша «Балаларды китапқумарлыққа қызықтырған блог-постлары ушын», «Социаллық тармақларда жаслар тәрбиясына байланыслы жәрияланған материаллар ушын», «Миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз көринген ең жақсы материаллар ушын», «Facebook» социаллық тармағында миллий контентти көбейтиўге қосқан үлеси ушын» номинацияларына материаллар тапсырылды.
Таңлаўда 100 ге шамалас интернет редакцияларының журналистлери ҳәм социаллық тармақ белсендилери – блогерлер өз дөретиўшилик жумысларын, блог-постларын электрон түрде усынды.
Төрешилердиң усынысына бола таңлаўдың тийкарғы номинацияларынан тысқары, аўқам тәрепинен хошаметлеўши – «Миллий контентти байытыўға қосқан үлеси ушын» қосымша номинациясы да енгизилген.
Таңлаўға усыныс етилген дөретиўшилик жумыслар түри ҳәм мазмуны жағынан рәңберәң болып, оларда миллий мәплеримизди гөзлеген тәризде елимиз ҳәм дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерге қалыс баҳа бериў, жаңа Өзбекстан руўхына сәйкес жаңа сана сезим тәризин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў арқалы олардың ақыл-ойын жоқарылатыўға хызмет ететуғын миллий контент жаратыўға ҳәрекет етилген.
Сондай-ақ, интернет баспалары ҳәм социаллық тармақларда таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен жәрияланған материалларда бүгинниң әҳмийетли мәселесине айланған, ҳәммени терең пикирлеўге шақыратуғын, қалаберди, ғәрезсизликти беккемлеў, социаллық турақлылықты тәмийинлеў, жаслардың руўхый дүньясын байытыў, миллийликти жоқарылатыўға хызмет ететуғын әҳмийетли темалар тәсиршең түрде сәўлеленген.
Салтанатлы илажда жеңимпазлар диплом ҳәм сертификатлар менен сыйлықланды.
Н.УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы