Орайлық сайлаў комиссиясында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслери сайлаўын бақлаў мақсетинде мәмлекетимизге келген Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы Парламентлер аралық Ассамблеясы (ҒМДА ПА) ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда бул миссияның узақ мүддетли бақлаўшылары – ҒМДА Парламентлер аралық Ассамблеясы Кеңеси бас хаткериниң мәсләҳәтшиси С.Караваев  ҳәм ҒМДА ПА қатнасыўшы мәмлекетлерде демократияның раўажланыўы, парламентаризм ҳәм пуқаралардың сайлаў ҳуқықларына әмел етилиўин мониторинг етиў халықаралық институты (ДРМХИ) эксперти С.Ткаченко қатнасты.

Сөйлесиўде Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы З.Низомхўжаев ҒМДА Парламентлер аралық Ассамблеясы менен конструктивлик бирге ислесиў жолға қойылғанын атап өтти. ҒМДА ПА Орайлық сайлаў комиссиясының Дослық Аўқамы мәмлекетлери бойынша сайлаў тараўындағы бирге ислесиўшилеринен бири болыўы менен бирге, соңғы жыллары Өзбекстанда өткерилген сайлаўларды мониторинг етиў ҳәм оның нәтийжелери бойынша әҳмийетли усыныслар бериўде де белсене қатнасып келмекте.

Атап өтилгениндей, сайлаўдың ҳуқықый тийкарларын жетилистириўде халықаралық шөлкемлер, сайлаўды бақлаў миссиялары, атап айтқанда, ҒМДА ПАның усынысларын миллий нызамшылығымыз ҳәм әмелиятымызға енгизиў үлкен әҳмийетке ийе.

Ушырасыўда быйыл 27-октябрьде мәмлекетимизде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслери депутатларының сайлаўлары аралас сайлаў системасы тийкарында өткерилиўи ҳәм оның өзине тән өзгешеликлери, миллий сайлаў әмелиятына енгизилген жаңалықлардан және бири «E-saylov» мәлимлеме системасы ҳәм бул системаның абзаллықлары бойынша толық мағлыўмат берип өтилди.

Быйылғы сайлаўларда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда сайлаўалды үгит-нәсиятлаў материалларын таярлаў ҳәм тарқатыў мүмкин екенлигине де тоқтап өтти.

Өз гезегинде, миссия ўәкиллери болажақ сайлаўларды улыўма тән алынған халықаралық демократиялық принциплер тийкарында, жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өтиўине табыс тиледи.

Миссия ўәкиллери менен өткен сөйлесиў конструктивлик ҳәм қызғын руўхта өтти.

Муҳтарама Комилова, Носиржан Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА