Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңесиниң мәжилисинде қатнасып атырған Қатар қаржы министри Али бин Аҳмад Ал-Қуварий басшылығындағы делегацияны қабыллағаны усы араб мәмлекетиниң жетекши QNA мәлимлеме агентлигиниң бетлеринде сәўлелендирилди.
Мақалада саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселесиниң додаланғаны, «жасыл» энергетика, транспорт, денсаўлықты сақлаў, туризм, инфраструктураны раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда жаңа жойбарларды алға қойыў зәрүр екенлигиниң тән алынғаны атап өтилген.
Автор жылдың ақырына шекем Доха қаласында Ҳүкиметлер аралық комиссия мәжилиси ҳәм биргеликтеги бизнес форум өткерилиўи, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў зәрүр екенлигине итибар қаратқан.
QNA Самарқандта өтип атырған абырайлы әнжуман шеңберинде қатарлы жуўапкер басшы Ҳиндстан қаржы министри Нирмала Ситхараман ханым менен ушырасқанын да жазған. Сөйлесиў ўақтында экономика ҳәм саўданы раўаждандырыў жоллары көрип шығылып, бирге ислесиўдиң басқа да түрли тәреплери талланған.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА