Быйыл 27-октябрьде болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслери депутатлары сайлаўларына таярлық көриў процесслери қызғын даўам етпекте. Мәмлекетимизде болып өтетуғын бул әҳмийетли сиясий илажға халықаралық бақлаўшылардың да қызығыўшылығы жоқары.

25-сентябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясында Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ДИИҲБ) ҳәм Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамының (ҒМДА) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслери депутатларының сайлаўларын бақлаў бойынша миссиясы ўәкиллериниң қатнасыўында ушырасыўлар болып өтти.

Орайлық сайлаў комиссиясы Баслығы З.Низомхўжаев ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясы басшысы Уэйк Дуглас, бюроның сайлаўлар бойынша аналитиги Тейлор Крис Джон ҳәм миссия экспертлери Рижа Дорота ҳәм Каха Инаишвили менен сөйлесиў алып барды.

Сондай-ақ, күнниң екинши ярымында Орайлық сайлаў комиссиясына Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы (ҒМДА) Бас хаткериниң орынбасары Денис Трефилов ҳәм ҒМДА Атқарыў комитети Миссия штабының басшысы Евгений Козяк барды.











Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы З.Низомхўжаев сайлаўға таярлық процесслери ҳәм сайлаў нызамшылығымызға киргизилген өзгерислер ҳәм жаңалықларға тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, халықаралық шөлкемлер Өзбекстанда өткерилген сайлаўларды бақлаў миссияларының нәтийжелери бойынша есабат ҳәм жуўмақлардағы усынысларды миллий нызамшылығымызға ҳәм әмелиятымызға имплементациялаў, сайлаўларға байланыслы ҳуқықый базаны жетилистириў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Халықаралық шөлкемлер сайлаўларды бақлаў миссияларының нәтийжелери бойынша есабат ҳәм жуўмақлардағы усынысларды Өзбекстанда сайлаў ҳәм референдум нызамшылығын және де жетилистириў, сайлаў ҳәм реферундум әмелияты нәтийжелилигин және де арттырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, сөйлесиўде быйыл 27-октябрьде мәмлекетимизде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң депутатлары сайлаўлары аралас сайлаў системасы тийкарында өткерилиўи ҳәм оның өзине тән өзгешеликлери, сондай-ақ, сиясий партиялардың талабанлары дизимге алынғаны атап өтилди. Миллий сайлаў әмелиятына енгизилген жаңалықлардан және бири «3-!a6l9v» мәлимлеме системасы ҳәм бул системаның абзаллықлары бойынша толық мағлыўмат берип өтилди.

Сайлаў кампаниясы процесслери Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Сайлаў кодексинде белгиленген тәртиплерге бола избе-излик пенен муўапықластырылып атырғаны, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға ашық-айдынлық бериў мақсетинде илажлардың тәртиби, басқышлары ҳәм мүддетлери ҳаққындағы мәлимлемелер бәринен бурын сайлаўшыларға ҳәм сиясий партияларға Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайты ҳәм басқа ғалаба хабар қураллары арқалы оперативлик пенен жеткерилип атырғаны атап өтилди.

Өз гезегинде, миссиялар ўәкиллери Өзбекстан сайлаў системасындағы жаңалықларды тән алып, миссия жумысы ҳаққында мағлыўматлар берди.

Тәреплер арасында алып барылған сөйлесиўлер конструктивлик ҳәм қызғын руўхта өтти. Орайлық сайлаў комиссиясы өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде бундай сөйлесиўлерге бәрқулла таяр ҳәм ашық екени билдирип өтилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы