Ҳиндстанның “Shabdsangram” (сөзлер саўашы) басылымы усы мәмлекет қаржы министри Нирмала Ситхараман басшылығындағы делегация Самарқанд қаласында өтип атырған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылары кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилисинде қатнасыў ушын келгенин хабарлады.
Мақалада мәртебели мийман Өзбекстан, Қатар ҳәм Қытайдан келген кәсиплеслери ҳәм АИИБ президенти менен әҳмийетли еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи режелестирилгени атап өтилген.
– Министр бул абырайлы әнжуманда Банктиң Ҳиндстан бойынша губернаторы сыпатында қатнаспақта, -деп жазған басылым. – Мәмлекетимиз бул ири халықаралық қаржы структураның екинши ири акционери. Көп тәреплеме додалаўларда раўажланыў күн тәртиби менен байланыслы кең көлемли әҳмийетли глобал мәселелер көтериледи.
Ситхараманның сапар бағдарламасынан Самарқанд мәмлекетлик университетине барыў, Ташкенттеги Лал Баҳодур Шастри естелигин зыяратлаў, сондай-ақ, түрли тараўлар бойынша жетекши ҳиндстанлы мигрантлар менен сөйлесиў де орын алғаны атап өтилген.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА