Хийўада жас исбилерменлердиң бизнес марафоны

Хийўа қаласындағы Ишан-қала архитектуралық естелигинде жаслар ҳәм исбилерменлер арасындағы дәслепки бизнес марафон өткерилди.
Ески арк комплексинде шөлкемлестирилген марафон мәмлекетимиздиң 6 табыслы исбилерменлери менен жаслардың тараўға байланыслы пикирлер алмасыў, бизнес идеяларын әмелге асырыў ушын мәсләҳәтлер алыў орталығын жаратты. Марафонға жыйналған 500 ден аслам қатнасыўшылар ҳәр бир спикердиң шығыўын қызығыўшылық пенен күтип алды.
– Буннан үш жыл алдын, Хийўа қаласынан турып бизнес марафонның биринши мәўсимине старт берген едик, – деди исбилермен Муҳаммадали Эшонқулов . Жасларды исбилерменликке тартыў, олардың бизнес идеялары ҳәм жойбарларын турмысқа енгизиўге жәрдем бериў мақсетинде 2021-2023-жыллар даўамында Республикамыздың барлық аймақларында төрт мәўсимнен ибарат «Бизнес Марафон» жойбары шөлкемлестирилди. Жойбардың 5-мәўсимин де және усы жерден басламақтамыз.
Елимизде ҳәм сырт елде жетискенликке ерискен тәжирийбели исбилерменлер ҳәм жаслардың қатнасыўында ашық сөйлесиў түринде өткерилип атырған марафонның өткен төрт мәўсиминде 110 мыңнан аслам жаслар тикеллей қатнасқан болса, 9 миллионға шамалас жаслар «онлайн» тәризде бақлап барды.
Жойбар даўамында белсене қатнасқан жасларға бизнес ҳәм жеке раўажланыўға байланыслы «Бестселлер», атап айтқанда, 3 мың дана баспа китаплар тарқатылды, 24 мың жасқа болса мобиль қосымша арқалы электрон ҳәм аудио түринде китаплар берилди. Дәстүрий тәризде өткерилип атырған марафон даўамында қатнасыўшылар бизнести қалай баслаў, қәўип-қәтерлерди басқарыў, бәсеки орталығында базарда өз орнын табыў, хызметкерлер менен ислесиўдеги усыллар, руўхый ҳәм экономикалық банкротлық, бизнестеги турақлылыққа ерисиў, инвестиция киргизиў, халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў сыяқлы сораўларға жуўап алды.
– Бул жердеги спикерлер менен бизиң ҳеш қандай қаржылай мәпдарлығымыз жоқ, – дейди Хайрулла Сатторов «Жаслар келешегимиз» қоры атқарыўшысының директоры. – Тәжирийбели исбилерменлеримиз енди исбилерменлик жумысын басламақшы болған жасларға мотивация бериўди миннети деп биледи. Быйылғы марафонда қатнасыўшылар тәрепинен ең көп берилген сораўлар билимлендириў бағдарында исбилерменлик пенен шуғылланыў бойынша болды. Буннан усы тараўда жеке меншик сектордың ўәкиллерине көплеген имканиятлар менен жеңилликлер жаратылып атырғанын аңлаў мүмкин.
– Мәмлекеттиң келешеги, жас әўладтың тәрбиясы менен байланыслы. Сонлықтан елимиз халқының үлкен бөлеги заманагөй билимлер менен көнликпелерге ийе жаслардан ибарат екенлигин инабатқа алған ҳалда, оларды қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў, исбилерменлик идеялары менен басламаларын хошаметлеў, мүнәсип дәрамат алыў ушын қосымша шараятлар жаратыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар жаңа басқышқа шықпақта. Мен усы марафонның ҳәммесинде қатнасып келмектемен, – дейди хорезмли жас исбилермен Ҳикматулло Бахтиёров. – Бул илаждан оғада үлкен мотивация алдым. Бизнес устазларым менен бәрқулла мәсләҳәтлесип тураман. Ҳәзирги күнде өзимниң де IT исбилерменлик тараўында бизнесим бар. Бүгинги күнде өзим сыяқлы он жасты жумыс пенен тәмийинлегенмен. Келешекте олардың санын еки есеге арттырыў нийетим бар.
Хорезм ўәлаятында старт алған бизнес марафонның 5-мәўсими Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» архитектуралық комплексинде даўам етти.
Аҳмаджон ШОКИРОВ,
ӨзАның хабаршысы