Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Оман инвестиция агентлиги президенти Абдулсалам Муҳаммад Ал-Муршиди басшылығындағы делегация ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.
Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, онда тәреплер Оман инвестиция агентлиги менен биргеликте алып барылып атырған жойбарлар, атап айтқанда, жеке меншик компанияларды қоллап-қуўатлаў ҳәм инвестицияларды тартыў, банк-қаржы тараўындағы өз-ара қатьнасықлар, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм логистика тараўын жетилистириў бойынша пикир алысты.
Сондай-ақ, олар мәмлекетимиздеги ҳәзирги экономикалық процесслер, атап айтқанда, макроэкономикалық турақлылық, инфляция дәрежесиниң турақлылығын тәмийинлеў, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ҳәм банклердиң трансформациясы ҳәм меншиклестириў процесслери, энергетика тараўында базар қатнасықларын енгизиў ҳәм еркин бәсеки орталығын жаратыў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратты.
Ушырасыўда «Өзбекстан Республикасында 2024-2030-жылларда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары бул бағдардағы жумысларда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди. Усы ҳүжжеттиң орынланыўында ММШ жойбарларын және де кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўға келисип алды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА