Социаллық тармақларда усы жылдың 1-октябрь сәнесинен баслап алимент төлемлери 10-15 процентке артыўы ҳаққында хабарлар тарқалмақта.

Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы бөлиминиң үлкен инспекторы Ҳокимжон Икромов буған анықлық киргизди.

-Хабарыңыз бар, усы жылдың 12-август күни қабыл етилген «Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарының артыўы ҳаққында»ғы Президент пәрманына бола, усы жыл 1-сенятбрьден баслап пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 15, 1-октябрьден баслап педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысы муғдары 15, бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы муғдары болса 10 процентке арттырылды.

Соның менен бирге, 2024-жыл 1-октябрьден баслап мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары да 10 процентке арттылып, 1 155 000 сум етип белгиленди.

Жоқарыдағыларға тийкарланып жуўмақ шығарыў мүмкин алимент өндириў 2024-жыл 1-октябрьден баслап, қарыздардың напақасына қаратылған орынлаўшы ҳүжжетлери бойынша төленетуғын алимент муғдары 15 процентке, 1-октябрьден баслап, қарыздар педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысына қаратылған орынлаў ҳүжжетлери бойынша төленетуғын алимент муғдары 15 процентке, жеке меншик сектор ҳәм бюджет шөлкемлеринде жумыс ислеўши қарыздарлардың мийнет ҳақысына қаратылған орынлаў ҳүжжетлери бойынша төленетуғын алимент муғдары болса 10 процентке артады.

Буннан тысқары, 2024-жыл 1-октябрьден баслап, елимизде мийнет ҳақы муғдарының 10 процентке артыўы, өз гезегинде, Статистика агентлиги тәрепинен жәрияланып барылатуғын республикадағы орташа айлық мийнет ҳақы муғдарына тәсир көрсетип, жумыссыз алимент төлеўшилер тәрепинен төленетуғын алимент муғдары да орташа 10 процентке артатуғынлығын аңлатады.

Мағлыўмат ушын, егер алимент төлеўши шахс жумыс ислемейтуғын болса яки оның мийнет ҳақысы ҳәм дәраматын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер көрсетилмеген болса, алимент қарызы өндирилип атырған ўақытта Өзбекстандағы орташа айлық мийнет ҳақы муғдары бойынша есаплап шығылады, – дейди Ҳокимжон Икромов.

ӨзА