«Сайлаў-2024»: Cырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң мыңнан артық бақлаўшыларының қатнасыўы күтилмекте

518

23-сентябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң бақлаўшыларын аккредитациядан өткериў ҳәм оператив мәлимлеме бериў орайының жумысын шөлкемлестириўге байланыслы мәселе көрип шығылды.

ОСК Баслығы З.Низомхўжаев сайлаў кампаниясы күн сайын қызғын түрге енип атырғанын атап өтип, жаңаша сайлаў системасы тийкарында өткерилетуғын быйылғы мәмлекетлик ўәкиллик уйымларының сайлаўларына сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң қызығыўшылығы оғада жоқары екенин атап өтти.

Атап өтилгениндей, быйылғы сайлаўларды бақлаў ушын 50 мәмлекеттен 400 ге шамалас, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми сыяқлы 21 халықаралық шөлкемниң дерлик 500 ге шамалас, 26 сырт ел сайлаў комиссияларының 60, жәми мыңнан артық халықаралық ҳәм сырт ел бақлаўшыларының қатнасыўы күтилмекте.

– Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы Өзбекстанда сайлаўларды бақлаў бойынша толық үлкен Миссия, яғный қурамында тийкарғы топар, узақ мүддетли ҳәм қысқа мүддетли жәми 350 ге шамалас бақлаўшылар менен қатнасыўы режелестирилмекте,-деди ОСК ағзасы Гулноза Раҳимова.  – Халықаралық бақлаўшылар сайлаўға таярлық процесслерин бақлайды, сайлаў кампаниясының барысын ҳәм сайлаў нызамшылығымыздың халықаралық стандартларға муўапықлығын баҳалайды. Сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы сайлаўларға болған үлкен қызығыўшылығы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып атырғанынан дәрек береди.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер сайлаўларында халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациядан өткериў ҳаққындағы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары қабыл етилди.












Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, ҒМДА Парламент Ассамблеясы, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы сыяқлы халықаралық шөлкемлерден жиберилген бақлаўшылардың бир бөлеги аккредитациядан өткерилди.

Ҳәзирги ўақытта бақлаўшыларды аккредитациядан өткермекши болған сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлер өз мәмлекетлеринен турып «E-saylov» мәлимлеме системасына кириўи ҳәм белгиленген үлгидеги мағлыўматларды электрон түрде киргизип, көрип шығыў ушын жибериў имканиятына ийе болмақта. Аккредитациядан өткен сырт ел бақлаўшыларының мандатлары да система арқалы автомат тәризде электрон түрде пүткиллей жаңа көринисте қәлиплеседи.

Сондай-ақ, мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясы жанында Оператив мәлимлеме бериў орайын – «Cаll-center»ди шөлкемлестириў ҳәм оның режесин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, «Cаll-center» арқалы пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлер орайластырылған ҳалда қабыл етилип, оларға реал ўақыт режиминде ҳуқықый түсиниклер ҳәм мәсләҳәтлер берип барылады.

«Cаll-center»диң тийкарғы ўазыйпалары сайлаў кампаниясы дәўиринде пуқаралар менен реал ўақыт режиминде сөйлесиўди жолға қойыў, халыққа сайлаў комиссияларының жумысы, сайлаў процесиниң басқышлары ҳаққындағы толық ҳәм исенимли мәлимлемени жеткериў, пуқаралардың сайлаў ҳәм мүрәжат етиўге байланыслы ҳуқықлары сөзсиз әмелге асырылыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм олардың сайлаў нызамшылығы ҳәм сайлаў процесслеринен хабардарлық дәрежесин арттырыў сыяқлылардан ибарат болады.

Оператив мәлимлеме бериў орайы 1-октябрьден өз жумысын баслап, сайлаў нәтийжелери жәрияланғанға шекем жумыс алып барады.

Мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы