Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы директоры Алишер Темиров, Польшаның Медицина өнимлери, медицианлық үскенелер ҳәм биоцид өнимлерин дизимнен өткериў уйымы президенти Гжегож Чесак басшылығындағы делегация ўәкиллерин қабыллады.
Ушырасыўда тәреплер, усы жылдың 30-август сәнесинде еки мәмлекет регулятор шөлкемлери арасында қол қойылған халықаралық бирге ислесиў бойынша меморандум бәнтлериндеги ўазыйпалар, оларды әмелге асырыў механизмлери ҳәм анық мүддетлерин белгилеў бойынша тийисли мәселелерди додалады.
Польша Медицина өнимлерин, медициналық үскенелер ҳәм биоцид өнимлерин дизимнен өткериў уйымы Польшада медицина өнимлериниң қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў ушын жуўапкер тийкарғы уйым есапланады. Бул шөлкем 2002-жылы шөлкемлестирилген болып, фармацевтика өнимлерин дизимге алыў, базарға шығарыў ҳәм олардың сапасын қадағалаў ушын зәрүр болған тәртиплерди ислеп шығады ҳәм әмелге асырады.
Қызғын руўхта өткен сөйлесиў жуўмағында, биргеликте жумыс алып барыўға келисилген бағдарлардағы жумысларды әмелге асырыў бойынша анық ҳәрекетлер режесинен ибарат болған жол картасына қол қойылды.
Польша делегациясының елимизге сапары шеңберинде “UzMedExpo-2024” медицина көргизбеси менен танысыў, сондай-ақ, пайтахтымыздағы “Rompharm” компаниясы ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине барыў режелестирилген.
Моҳигул Қосимова, ӨзА