Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларын жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери студентлери ҳәм оқыўшыларына тәлим кредитин ажыратыў тәртибин жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымашалар киргизиледи:

жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде билим алыў ушын тәлим кредитин тек ған күндизги билимлендириў түринде оқып атырған студент ҳәм оқыўшыларға ажыратыў системасы жолға қойылады;

жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырған екинши ҳәм оннан жоқары басқыш студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши «3» тен төмен болған жағдайда, төлемли-контракт суммасының көби менен 80 проценти муғдарында тәлим кредитн ажыратыў әмелияты енгизиледи.

Жоқары билимлендириў шөлкемлери студентлери ушын тәлим кредити олар ҳаққындағы мағлыўматлар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң «Студентлерге шәртнама тийкарында көрсетилетуғын хызметлер есабатын жүргизиў» (kontrakt.edu.uz) мәлимлеме системасы ҳәм «Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў» (HEMIS)  мәлимлеме системасында, орта арнаўлы ҳәм профессонал билимлендириў шөлкемлери оқыўшылар ушын болса олар ҳаққындағы мағлыўматлар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң «Профессионал билимлендириў процесслерин басқарыў» (prof.edu.uz)  мәлимлеме системасында бар болған жағдайда ажыратылады.

ӨзА