Бүгин Австрияның Вена қаласында Халықаралық атом энергиясы агентлиги бас конференциясының 68-сессиясы өз жумысын баслады.
«Өзатом» агентлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, онда Өзбекстан делегациясы да қатнаспақта.
Бул сессия шеңберинде Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң 2023-жылға бағышланған есабаты тыңланады. Сондай-ақ, 2025-жыл ушын қәлиплестирилген бюджет, ядро илими, технологиялары ҳәм олардың қолланылыўы менен байланыслы жумыс ҳәм ХАЭАниң ядро ҳәм физикалық қәўипсизлик тараўындағы жумыслары сыяқлы бир қатар темалар додалаў орайында болады.
Еслетип өтемиз, бул сессия өз жумысын 20-сентябрь күни жуўмақлайды.
ӨзА