13-сентябрь күни Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёева АҚШ президентиниң майыплардың халықаралық ҳуқықлары бойынша арнаўлы мәсләҳәтшиси Сара Минакара ханым менен ушырасыў өткерди.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги баспасөз хызметиниң хабарына бола, ушырасыўда майыплығы болған шахслар ушын социаллық шараятларды жақсылаў ҳәм усы бағдардағы жумысларды халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў режелерине итибар қаратылды.

Атап өтилиўинше, сөйлесиў даўамында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли принцип тийкарында алып барылып атырғаны айрықша атап отилди. Бул бағдардағы ис-ҳәрекетлер Сара Минакара ханым тәрепинен де атап өтилди.

Ушырасыўда тәреплер Өзбекстанда инклюзив жәмийетти раўажландырыў ҳәм майыплығы болған шахслардың барлық тараўлардағы белсендилигин арттырыўға қаратылган илажлары додаланды. Сондай-ақ, майыплықты ерте анықлаў, коррекциялаў, медициналық модельден инклюзив модельге өтиў ҳәм сапаны халықаралық стандартларға бейимлестириў мәселелери көрип шығылды.

Соның менен бирге, имканияты шекленген шахслар ушын мақул орталықты жаратыў, жәмийеттеги стереотиплерди сапластырыў ҳәм бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўазыйпалары ҳаққында да пикир алысылды.

ӨзА