Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Россия делегациясының мәмлекетимизге сапары шеңберинде РФ экономикалық раўажланыў министри Максим Решетников пенен сөйлесиў өткерди.
Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң имаратында болып өткен ушырасыўда тәреплер саўда-экономикалық қатнасықтың раўажланыўы тезлигин жеделлестириў, инвестициялық ҳәм аймақлар аралық бирге ислесиў көлемин кеңейтиў имканиятын додалады.
Атап өтилиўинше, биринши ярым жыллықта Россия менен товар алмасыў, тийкарынан экспорт есабынан, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 29 процентке артқан. Ҳәзирги ўақытта елимизде РФ капиталының қатнасыўында 3 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. 2023-жылдың ақырында автомобиль ҳәм темир жол транспортында тасылған жүк көлеми орташа 35 процентке өсти.
Жоқары дәрежедеги сапарлар ўақтында ерисилген инвестициялық келисимлер ҳәм жойбарлардың орынланыўын нәзерде тутқан ҳалда, әмелдеги келисимлердиң орынланыў жағдайы көрип шығылды.
Ташкентте Пүткилроссия сыртқы саўда академиясының филиалын ашыў ҳәм Стратегиялық басламалар эксперт орайының жумысын шөлкемлестириў бойынша белгиленген илажларға айрықша итибар қаратылды. Бул жойбарлардың әмелий өзгешеликлери ҳәр тәреплеме додаланды.
Буннан соң министрлер ректор Тўлқин Тешабоев пенен биргеликте университетти айланып, басламаны әмелге асырыў ушын жаратылған шараят пенен танысты.
Г.Сатторова,
ӨзА