Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Жәмийетшилик кеңесиниң мәжилисинде санлы техгологиялар министри Шерзод Шерматов қатнасты.
Министр өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Кеңес ағзаларының тек Санлы техгологиялар министрлигиниң жумысын емес, ал мәмлекетимизде алып барылып атырған санластырыў ҳәм электрон ҳүкимет бағдарындағы жумысларды және де раўажландырыў, тараўды жетилистириў бағдарындағы пикир-усыныслары әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Мәжилисте «Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманының мазмун-мәнисин, онда белгилеп берилген ўазыйпалар, атап айтқанда, Жәмийетшилик кеңеслериниң жумысына байланыслы бәнтлер, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша белгиленген илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Жәмийетшилик кеңеси мәмлекетлик уйымның мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў ушын мәмлекетлик уйымды пуқаралар менен байланыстырып туратуғын «көпир» ролин атқаратуғыны атап өтилди.
Додалаўларға бай өткен мәжилисте кеңес ағзалары – «Ishonch» ҳәм «Ishonch-Доверия» газеталарының бас редакторы Ҳ.Эрматов, «Digital Generation Uzbekistan» ННТ директоры А.Жалолов, тараў ветераны Ҳ.Муҳитдинов ҳәм басқалар өз пикир-усынысларын билдирип, Кеңестиң жумысын дурыс ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў бойынша усыныслар берди.
Мәжилис соңында Жәмийетшилик кеңесиниң кейинги жумысын кеңес ағзаларының усыныслары тийкарында ислеп шығылатуғын реже бойынша шөлкемлестириўге келисип алынды.
Н.Раҳмонова, ӨзА