БМШ бас штаб квартирасында инсан ҳуқықларын тәмийинлеў процесинде нәшебентликке қарсы гүресиў, нәшебентлик машқаласын шешиў ҳәм оған қарсы гүресиўде бирден-бир ҳәм бирдей қатнасқа бағышланған арнаўлы илаж шөлкемлестирилди.
Өзбекстан, Россия, Қытай, Египет, Пакистан, Сингапур турақлы ўәкилханалары ҳәм БМШтың Нәшебентлик ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда 60 тан аслам мәмлекет делегациялары қатнасты.
Илажда атап өтилиўинше, нәшебентлик машқаласын шешиў ҳәм оған қарсы гүресиў инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул гүрес жәмийетте саламат, қәўипсиз ҳәм турақлы орталықты жаратыўға хызмет етеди.
Нәшебентлик адамлардың физикалық ҳәм руўхый саламатлығына аўыр зыян жеткериў менен бирге, жынаятшылық ҳәм социаллық машқалаларды күшейтиўи мүмкин. Әсиресе, оның жаслар арасында ҳәўиж алыўы олардың билим алыў ҳуқықына ҳәм жеке раўажланыўына тосқынлық етеди.
Усы көзқарастан бул илажда БМШқа ағза мәмлекетлер арасында нәшебентлик затлар менен байланыслы глобал машқаланы шешиў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң нәтийжели стратегиялары бойынша пикир алысылды.
Бул илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген, Өзбекстанның басламасы болып есапланған «Орайлық Азия мәмлекетлериниң нәшебентлик пенен байланыслы машқалаларды нәтийжели шешиў ҳәм сапластырыўда бирден-бир фронт болып бирге ислесиўге таяр екенлиги» ҳаққындағы резолюцияның барлық ағза мәмлекетлер ушын әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.
Сондай-ақ, бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасында нәшебентлик ҳәм наркожынаятларға қарсы гүресиў бойынша 2024-2028-жылларға мөлшерленген Миллий стратегияға толық сәйкес келетуғыны атап өтилди.
Өзбекстан «Барлық ҳәрекетлер инсан қәдири ушын» деген баслы идея тийкарында нәшебентликке қарсы айрықша «иммунитет»ти қәлиплестириў арқалы халыққа унамсыз тәсир етиўши факторларды сапластырыў, пуқаралардың сапалы медициналық жәрдем алыў ҳуқықын тәмийинлеў нәшебентликке шатылған наўқаслардың дүнья стандартлары тийкарында медициналық емлениўин шөлкемлестириў бойынша барлық ҳәрекетлерди әмелге асырмақта.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбдусман) өз жумысы даўамында БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүрес басқармасы Орайлық Азия регионындағы ўәкили менен бирге ислесип келеди.
Сондай-ақ, илажда Куба, АҚШ, Швейцария, Қазақстан, Қытай, Египет, Нигерия, Иран ҳәм Тәжикстан ўәкиллери де шығып сөйлеп, өз пикир-усынысларын билдирди.
Н.Абдураимова,
ӨзА