Сенаттың  Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети мәжилисинде «Халыққа психологиялық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы нызам дәслепки тәризде додаланды.

Мәжилисте, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине билимлендириў хызметин әмелге асырыў тәртибин белгилеўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

«Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамға билимлендириў хызметин әмелге асырыў тәртибин белгилеўге қаратылған қосымша киргизилип атырғаны ҳәм оның әҳмийети, зәрүрлигине айрықша тоқтап өтилди.

Атап өтилгениндей, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бул хызмет түрине қойылатуғын талапларды бузғанлығы ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен пуқараларға медициналық диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў хызметлерин халық медицинасы тараўындағы жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен көрсетилиўи, сондай-ақ, хызметлерди халық медицинасы бағдарламасында рухсат етилмеген усылларды қолланған ҳалда материаллық баҳалы затлар алыў яки мүлкшилик мәпдар болыў есабынан көрсеткенлик ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленип атырғаны атап өтилди.

Бул хызметлерди халық алдында үгит-нәсиятлағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик орнатылмақта.

Додаланған мәселелер бойынша тийисли қарарлр қабыл етилди.

                                                                                                                 ӨзА