Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы қарсаңында туўысқан Қазақстандағы «Фолиант» басылымында өзбек тилиндеги китаплар баспадан шықты.

Балаларға мөлшерленген «Үш айыў», «Пил ҳәм маймыл», «Жолбарыс ҳәм тышқан», «Бала ҳәм қарлығаш», «Шымшық ҳәм тышқан» атамаларындағы ертек топламларына қазақ халық ертеклери  киргизилген. Бул ертеклерди қазақ тилинен өзбекстанлы жазыўшы Муҳаббат Йўлдошева өзбек тилине аўдарған.

– «0+» белгиси менен шыққан рәңбәрең, сүўретлерге бай, жоқары сапалы қағазға басылған бул китапшалар ең киши жастағы ертек сүйиўши балаларымыз ушын жақсы саўға  болады, деп ойлайман, – деди Муҳаббат Йўлдошева. – Орайлық Азиядағы ең ири басылымлардан бири есапланатуғын «Фолиант» 1996-жылдан берли баспа тараўында жумыс алып бармақта.

«Фолиант» басылымы усы ўақытқа шекем қазақ ҳәм рус тиллеринде балалар ҳәм жас өспиримлер  ушын түрли жанрлардағы көплеген көркем шығармаларды, сүўретли илимий-ғалабалық китапларды ҳәм сабақлықларды басып шығарған.

Сондай-ақ,  «Фолиант» басылымы Европа ҳәм Азия мәмлекетлериниң баспалары, китап саўдасы, илимий-билимлендириў ҳәм  баспа машинасы компанияларын бирлестиретуғын Евроазия халықаралық китап көргизбеси – «Eurasian Book Fair»ниң шөлкемлестириўшиси сыпатында да жумыс ислейди.

Н.Усмонова, ӨзА