Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен инсан ҳуқықлары бағдарындағы реформалардан халықаралық жәмийетшиликти хабардар етиў мақсетинде мәмлекетимиздиң БМШтағы  турақлы ўәкилханасында бир қатар илажлар  ҳәм әҳмийетли ушырасыўлар өткерилди. Усы илажларда Олий Мажлистиң Инсан  ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова қатнасты.

БМШ Раўажланыў бағдарламасы штаб-квартирасында БМШтың Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлери бойынша регионаллық директоры Ивана Живкавич пенен ушырасыўда Өзбекстанда  барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер, соның ишинде, инсан ҳуқықлары, парламент сайлаўлары, бул бағдардағы нызамшылықтағы өзгерислер , сондай-ақ, Омбудсман институтының жумысы  ҳаққында сөз  етилди. Өз-ара сөйлесиў даўамында кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы қатнасықлар  барған сайын күшейип баратырғаны, соның менен бирге Өзбекстан инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, атап айтқанда, гендер теңлиги тараўындағы реформаларды әмелге асырыўда регионда жетекши екенлиги атап өтилди.

Ивана Живкович Омбудсман ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў ҳәм және де  күшейтиўде бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.

Қызғын ҳәм конструктивлик руўхта өткен ушырасыўдың жуўмағында тәреплер перспективадағы  бирге ислесиў жойбарлары бойынша пикир алысты.

Өзбекстан Омбудсманы хызмет сапары шеңберинде БМШ структураларының мәжилислеринде қатнасты ҳәм Инсан хуқықлары бойынша Жоқары комиссардың Нью-Йорктеги ўәкилханасының басшысы, БМШ Халықтаныў қоры (UNFPA) ҳәм бир қатар басқа халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери менен ушырасты.

БМШ Бас хаткериниң инсан хуқықлары бойынша жәрдемшиси, БМШтың Инсан хуқықлары бойынша Жоқары комиссарының Нью-Йорктеги ўәкилханасының басшысы Илсе Брандс Керис пенен ушырасыўда 2023-жылы БМШтың Инсан хуқықлары бойынша Жоқары комиссары Фольклер Тюрктиң Өзбекстанға сапары барлық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккепмлеўге хызмет еткени атап өтилди. Ф.Тюрк Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўын еле жылылық пенен еслейтуғыны атап өтилди. Өзбекстанда әмелге асырылып атырған системалы өзгерислер жоқары баҳаланды.

«Биз  сизиң мәмлекетиңизде әмелге асырылып атырған унамлы процесслерден хабардармыз ҳәм Өзбекстанның инсан хуқықлары бойынша миллий институтлар жумысының хуқықый тийкарлары күшейтилип атырғанын бақлап бармақтамыз ҳәм оны әҳмийетли деп есаплаймыз», – деди БМШтың ўәкили. Сөйлесиў даўамында ол Омбудсманның қыйыншылықлардың алдын алыў бағдарындағы жумысын әҳмийетли  деп есаплап, инсан хуқықлары  бойынша нызамшылыққа усынысларды баслама хуқықы тәртибинде алға қойыў, пуқаралық жәмийети институтларын беккемлеў, халықтың, соның ишинде, жаслардың инсан хуқықлары ҳаққында хабардарлығын арттырыў бойынша көрилип атырған  илажларды қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти. Өзбекстан менен мәмлекет ушын  тийкарғы болған барлық тараўларда бирге ислесиўди және де кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти.

Н.Абдураимова, ӨзА