Санлы техгологиялар министри Шерзод Шерматов Азия ҳәм Тыныш океаны ушын экономикалық ҳәм социаллық комиссия (ESKATO) тәрепинен Астана қаласында шөлкемлестирилген «Санлы инклюзия ҳәм трансформация бойынша Азия- Тыныш океаны министрлер конференциясы»нда қатнасты.
Министрлер конференциясы турақлы раўажланыў ушын санлы инновацияларды жеделлестириў ушын зәрүр болған регионаллық бирге ислесиў режесин көрип шықты. Онда Азия ҳәм Тыныш океаны регионындағы ҳүкимет басшылары ҳәм министрлер және басқа әҳмийетли мәпдар тәреплер санлы инклюзия ҳәм транформация, регионда турақлы раўажланыўдың қалай әмелге асырылып атырғанын додалады.
Министрлер конференциясы, сондай-ақ, санлы айырмашлықты сапластырыў, санлы көнликпелерди оқытыўды тәмийинлеў, санлы қосылыўды күшейтиў, санлы қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм санлы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.
Министр Ш. Шерматов конференция шеңберинде «Турақлы раўажланыў мақсетлерин жедел әмелге асырыў ушын инклюзив ҳәм турақлы санлы келешекти қурыў сиясаты» темасындағы панель сессиясында өз баянаты менен қатнасты.
Министр шығып сөйлеген сөзи даўамында Өзбекстанның санлы келешеги ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәм басламалар менен ортақласты.
Сондай-ақ, Өзбекстанда санлы технологиялардың экономикалық өсиўи социаллық инклюзивлик ҳәм экологиялық турақлылық ушын күшли қурал болып хызмет ететуғынын атап өтти.
Министр пуқараларға қолайлылық жаратыў ҳәм олардың турмыс тәризин жеңиллестириў мақсетинде ислеп шығылған Мәмлекетлик хызметлер порталы бюрократиялық процесслерди әпиўайыластырыў менен бирге нәтийжелилик ҳәм ашық –айдынлықты арттырып атырғанын айтып өтти.
Соның менен бирге, Санлы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде инклюзивликти раўажландырыў бойынша жедел ҳәрекетлер алып барылып атырғаны қосымша етилди.
Өз гезегинде, жергиликли ҳәм халықаралық IТ –компанияларды тартыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды белсене жумыс пенен тәмийнлейтуғын технологиялық экосистеманы раўажландырыў мақсетинде салық жеңилликлери усыныс етилип атырғаны атап өтилди.
Н.Раҳмонова, ӨзА