Президентимиздиң быйыл 23-августта «Креатив экономика бойынша IV Пүткил жер жүзилик әнжуманының Ташкент қаласында өткерилиўине таярлық көриўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, 2024-жыл 2-4-октябрь күнлери Ташкент қаласында Креатив экономика бойынша IV Пүткил жер жүзилик әнжуманы өткериледи.
Әнжуманға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети дүзиледи ҳәм илажлар режеси тастыйықланады.
Өзбекстанға 2030-жылға шекем креатив экономиканы раўажландырыў концепциясы ҳәм оны 2025-2026-жыллары әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламасының жойбары Пүткил жер жүзилик әнжуманның жуўмағы бойынша ислеп шығылады.
Әнжуман шеңберинде Француз мәденият орайы, Миллий реставрация орайының жойбарлары, сондай-ақ, Абулқасым медресеси ҳәм «Оҳунгузар» мәдений мийрас объектинде креатив экономика кластерлерин жаратыў жойбарларының презентациялары өткериледи.
Ш.Маматуропова,
ӨзА