Самарқанд халықаралық туризм орайындағы конгресс-холлда «Уллы ата-бабалар мийрасы – Үшинши ренессанс тийкары» VIII халықаралық конгрессиниң салтанатлы ашылыў мәресими басланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Х.Султанов оқып еситтирди.

Президенимиздиң қутлықлаўында Өзбекстан мәдений мийрасын сақлаў, үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик жәмийети жумысына да айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, «Өзбекстан мәдений мийрасы жәҳән топламларында» жойбары шеңберинде 70 томлық китап-альбомлар басып шығарылып, елимиз ҳәм сырт еллердеги ең белгили китапханалар, жоқары оқыў орны ҳәм музейлер, абырайлы ағартыўшылық дәргайларына  жеткерип берилгени атап өтилди.

Мине, усы жумыслардың даўамы сыпатында әнжуман күнлеринде усындай дүркиндеги және он топлам презентациясының өткерилиўи де әҳмийетли мәдений ҳәдийсе, деп тән алынған.







– Бәринен бурын, Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен жолланған қутлықлаў ушын қатнасыўшылардың атынан өз миннетдаршылығымызды билдиремиз,-деди Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайының директоры Фирдавс Абдухоликов. – Бундай исеним жергиликли ҳәм сырт ел илимпазларын айрықша күш-ғайрат пенен ислеўге шақырады. Мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыў бойынша үлкен жумыслар исленбекте. Илим, билимлендириў ҳәм мәденият раўажланбақта. Буннан 7 жыл бурын мине, усы ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыў ушын Президентимиз пәрманы тийкарында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы шөлкемлестирилген еди. Бүгин бул бағдардағы жумыслар өз нәтийжесин көрсетпекте.

23-26-август күнлери Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик жәмийети (WOSCU) ҳәм «Eriell Group» нефть хызметлери компаниясы менен биргеликте VIII халықаралық конгресси шөлкемлестирилмекте. Оның тийкарғы мақсети болса Жаңа Өзбекстанның мәдений-гуманитарлық тараўдағы раўажланыў жолы, жаңа раўажланыў дәўиринде ерисилип атырған жетискенликлер ҳәм диний-ағартыўшылық тараўдағы реформаларды үгит-нәсиятлаў халқымыздың бай мәдений ҳәм руўхый мийрасын үйрениў, қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўда жергиликли илимпазлар ҳәм халықаралық илимий экспертлер жәмийетшилиги менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў болып есапланады.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары