Ташкент қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ) халық дипломатиясы орайы, Өзбекстан Журналистлер аўқамы, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси менен биргеликте «Орайлық Азия ҳаўазы: миллий мәканнан регионаллық мәканға» темасында Орайлық Азия мәмлекетлери журналистлериниң ушырасыўы болып өтти.
Қазақстан, Қырғызстан ҳәм тәжикстанлы ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илажда мийманлар Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы тарийхы музейиниң экспонатларын көзден өткерди. ӨзМТРК медиаорайында телеканаллар, соның ишинде, «Өзбекстан тарийхы» телеканалы ушын ҳәр қыйлы бағдарлама ҳәм көрсетиўлер жазып алыўға мөлшерленген студияларда журналист ҳәм техникалық хызметлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Олар өзбекстанлы кәсиплеслери менен тәжирийбе алмасыў имканиятларына ийе болды. Илаж соңында қатнасыўшы мәмлекетлер ўәкиллерине «Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы заман менен теңдей қәдемде» китабы саўға етилди.
Буннан соң мийманлар «Tashkent city mall», оның аймағында шөлкемлестирилген «Жадидлер. Түркстанға хатлар» мультимедиа көргизбеси, Ташкент қаласының дыққатқа ылайық орынлары менен танысты.
Гулноза Бобоева,
ӨзА