Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев Ташкент қаласына келиўден, Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Ариповтың басшылығында Ҳайдар Алиев естилиги комплексине барды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған бул комплекс Әзербайжан Президентиниң 2022-жылы июль айындағы мәмлекетимизге болған сапары даўамында ашылған еди.

Уллы мәртебели мийман естеликке гүл қойып, атақлы сиясий ҳәм мәмлекетлик ғайраткер ғәрезсиз Әзербайжанның тийкарын салыўшысы Ҳайдар Алиевтиң естелигине ҳүрмет көрсетти.

Әзербайжан улыўма миллий жетекшиси мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықлары, туўысқан халықларымыздың тарийхый байланысларын беккемлеўге үлкен үлес қосқаны атап өтилди.

Итибарлысы, туўысқан халықларымыз арасындағы беккем дослықтың жарқын белгисине айланған бул қыябан ҳәмийшеа адамларға толы.

ӨзА