Әзербайжан БРИКС топарына кириў ушын рәсмий арза тапсырып, халықаралық қатнасықларды беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем таслады. Бул ҳаққында «АзерТАЖ» мәмлекетлик СИМ баспасөз хаткери Айхан Ҳожизодаға сүйенип хабар берди.
Бул қарарды, Баку ҳәм Пекин арасындағы стратегиялық шерикликти кеңейтиў менен байланыслы регионаллық ўақыя, деп айтыў мүмкин. Июль айының басында еки мәмлекет басшылары биргеликтеги декларация қабыл еткен еди. Сонда Қытай Әзербайжанның БРИКСке қосылыў мақсетин қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирген.
Қалаберди, Россия Президенти Владимир Путин Әзербайжан жетекшиси Илҳам Алиевти октябрь айында Қазанда болып өтетуғын БРИКС саммити шеңберинде өткерилетуғын ушырасыўға да усыныс еткен.
Бул илажда 10-15 дос мәмлекет ўәкиллери қатнасады. БРИКС 2006-жыл шөлкемлестирилген экономикасы раўажланған жетекши мәмлекетлер – Бразилия, Россия, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Қубла Африканы бирлестирген абырайлы ҳүкиметлер аралық шөлкем болып есапланады. Соңғы жыллары структураға Египет, Эфиопия, Иран ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери де қосылды.
ӨзА