Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Финляндия миллий билимлендириў агентлиги менен биргеликте «Өзбекстанда Финляндия илҳәмландырылғанбилимлендириў системасын раўажландырыў» биргеликтеги жойбары шеңберинде инклюзив билимлендириўге байланыслы илаж шөлкемлестирди.

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң директоры ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институтында өткерилген семинарға Финляндия миллий билимлендириў агентлиги қәнигелери  тәрепинен инклюзив билимлендириў процесине тартылған педагоглар мирәт етилди.

Семинар даўамында Финляндия миллий билимлендириў агентлиги қәнигелери «Инклюзив билимге қарай: Жуўмақлаўшы қатнас жасаў, инклюзив билимде мектептиң қатнасы» темасында қатнасыўшыларға Финляндия тәжирийбеси ҳаққында мағлыўматлар бермекте.

«Билим ҳәмме ушын» принципи тийкарында 2021-2022-оқыў жылынан баслап республика бойынша тәжирийбе-сынақ тийкарында 31 улыўма билимлендириў мектеплеринде инклюзив класслар шөлкемлестирилип, оларға 122 айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балалар тартылған.

2023-2024-оқыў жылының жуўмағы бойынша инклюзив билимлендириў енгизилген улыўма билимлендириў мектеплериниң саны 530ды, олардағы оқыўшылардың саны болса 1 мың 190 ди қурамақта.

– Өзбекстан ҳәм Финляндия биргеликтеги жойбары болған бул семинар оғада әҳмийетли, – деди Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги Инклюзив билим ҳәм «Мийримли мектеп» жойбарын раўажландырыў бөлиминиң жуўапкер хызметкери Абдурасул Абдуғаниев. – «Билим ҳәмме ушын» принципи мектеплерде зорлық жағдайларының алдын алыўға қаратылған.

Инклюзив билимге байланыслы семинар 23-августқа шекем даўам етеди.

Н.Усмонова,

 ӨзА